Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:

Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005)

.pdf
Скачиваний:
22
Добавлен:
22.12.2023
Размер:
1.57 Mб
Скачать

11

денениң турқы қаншелли үлкен болса ҳәм тығызлығы босаң болса, белгили ўақыт бирлигиндеги пайда болатуғын тербелис жийилигиниң муғдары аз болып, сес пәсең шығады. Керисинше, денениң турқы қаншелли киши болса ямаса тығызлығы қатты болса, белгили ўақыт бирлигинде пайда болатуғын тербелис жийилигиниң муғдары көп болса, сес бәлент шығады.

Ерлердиң даўыс шымылдығы ҳаяллардың даўыс шымылдығына қарағанда қалыңырақ ҳәм узынлаў, яғный турқы үлкенирек. Сонлықтан да ерлердиң даўысы пәс (жуўан) ҳаяллардың даўысы бәлент (жиңишке) болады.

Сес ырғағы герц пенен өлшенеди. Секундына бир толық тербелис бир герц (гц) болады. Егер де сес пайда етиўши дене бир секундта 300 рет жийиликте тербелсе (дирилдесе), онда 300 гц жийиликтеги сес пайда етиледи. Адамның қулағы шама менен 16 гц тен 20 мың гц аралығындағы жийиликтеги сеслерди еситиў уқыбына ийе болады. 16 гц еситилиўдиң ең төменги шегарасы, ал жоқарғы шегарасы адамның жас өзгешелигине қарай 20 мың гц тен төменлеўи мүмкин. 16 гц тен төменги жийиликте пайда етилген сес (мәселен, жер силкиниўде жер қыртысларының тербелиси) инфра сес, ал 20 мың гц тен жоқарғы жийиликтеги сес ультра сес деп аталады. Инфра ҳәм ультра сеслерди адам қабыл етиў уқыбына ийе емес.

Сеслер тон (даўыс) ҳәм шаўқымнан жасалады. Избе-изли тәкирарланған тербелис нәтийжесинде пайда болған сес тон (даўыс), ал избе-изли тәкирарланбаған тербелис нәтийжесинде пайда болған сес шаўқым деп аталады. Даўыслы сеслер тоннан, ал даўыссыз сеслер тийкарынан шаўқымнан ибарат болады.

Сес күши ҳаўа толқынының пәтине байланыслы болады. Сес күшиниң энергиясы ҳаўа толқынының бағытына перпендикуляр түсирилип, 1 секундтағы 1см2 майданша менен өлшенеди. Басқаша айтқанда, сес күши тербелистиң амплитудасынан1 ғәрезли болады: тербелис толқынының амплитудасы қаншелли көбейсе, сес күши де соншелли күшейеди, керисинше, тербелис толқынының амплитудасының азайыўы менен сес күши де пәсейеди. Сес күши менен сестиң қатты ҳәм әстен айтылыўы арасындағы байланысты түсинип алыў зәрүр. Әдетте сес күши қаншелли жоқары болса, сес қатты айтылады деп саналады. Сестиң қатты я әстен айтылыўының сес күшинен ғәрезлилиги сес ырғағы менен де байланыслы болады. Өйткени бирдей күшке ийе болған, бирақ ҳәр түрли ырғақ пенен айтылатуғын сеслер қатты я әстен айтылыўы жағынан ҳәр түрли болып қабыл етиледи.

Cес күшин өлшейтуғын бирлик децибел (дб) болады. Сестиң қатты я әстен айтылыўы сес күшине байланыслы өлшенеди. Еситиўдиң төменги шегарасы 0 дб десек, жоқарғы шегарасы 13 дб болады.

Сес тембри1 сес тербелисиниң түрлери менен байланыслы болады. Сес толқынын пайда ететуғын тербелис қурамалы қубылыс болады. Мәселен, музыкалық әсбаптың тарын алсақ, толық тербелиў менен бирге тардың жартысы, үштен бири, төрттен бири ҳәм т.б. бөлеклери де тербеледи. Усындай қурамалы

1 Амплитуда - латынша аmplitudо – «кеңлик» деген мәнини билдиреди. 1 Тембр - французша timbri – «қоңыраў» деген сөзден жасалған.

12

тербелис нәтийжесинде сес пайда етиледи. Сес пайда етиўши денениң толық тербелисинен сестиң тийкарғы тоны пайда болады, ал оның бөлеклериниң тербелисинен обертон2 (қосымша тон) жасалады. Қосымша тон тийкарғы тонға қарағанда жоқары болады. Мысалы, тардың тийкарғы тоны 100 гц тербелисте болса, оның жартысы 200 гц қосымша тонды, үштен бири 300 гц қосымша тонды ҳәм т.б. береди. Тийкарғы тон ең күшлиси болып, толық сестиң сапасын белгилейди. Ал қосымша тон болса, сеске белгили дәрежеде қосымша түр береди. Тийкарғы тонның күши менен ондағы қосымша тонлардың өз-ара сәйкеслесип, үйлесиўинен сестиң гармоникалық қурылысы - тембри келип шығады.

Тембр түсиниги тийкарынан даўыслы сеслер менен байланыслы болады. Мысалы, а, ы, и ҳәм т.б. сеслерди ҳәр қайсысының өзине тән тембрине ийе болғанлығы себепли оларды ажыратамыз.

Белгили бир сести айтқан ўақытта сөйлеў ағзаларының ҳәрекети нәтийжесинде тамақтан жоқарыда жайласқан бослықлар - жутқыншақ бослығы, аўыз бослығы өзлериниң көлемин ҳәм формасын өзгертип, сол сеске тийисли болған түрге ийе болады. Солай етип ол бослықлар резонатор3 хызметин атқарады. Мурын бослығы өзиниң көлемин ҳәм формасын өзгерте алмайды. Себеби мурын бослығында оның формасын өзгерте алғандай ҳәрекетке келиўши сөйлеў ағзалары жоқ. Сонлықтан мурын бослығы тек мурынлық сеслерди айтқанда ғана резонатор хызметин атқарады. Солай етип адамның сөйлеў ағзалары болған аўыз, мурын, жутқыншақ бослықлары қурамалы резонаторлық системаны пайда етеди. Тамақтағы даўыс шымылдығында пайда болған қурамалы тон тамақтан жоқарыда жайласқан жутқыншақ, аўыз, мурын бослықларының резонансы (жаңғырығы) нәтийжесинде өзиниң әўелги түрин өзгертеди. Айтылыўға тийисли сес сол бослықлардан өзине тән болған қосымша сеслик түр алады. Резонатор жәрдеминде қосымша тонлардың айырымлары күшейиўи, ал биреўлери пәсеңлеўи мүмкин. Жийиликтиң күшейген бөлеги, яғный сес энергиясының жыйналған бөлеги форманта4 деп аталады. Сестиң формантлық қурылысы оның спектринде5 анықланады. Спектр арқалы сестиң ең әҳмийетли сыпатламасы бериледи.

Сеслердиң тербелис жийилигин бөлип-бөлип алып, спектральлық анализ жасаў электроакустикалық ҳәм электронлық техниканың өсиўи менен раўажлана баслады. Сеслердиң формантлық дүзилисин жазып алатуғын аппарат спектрограф1 деп, ал жазылып алынған материал спектрограмма деп аталады. Спектрограммада ҳәр сес өзине тән болған формантларының жайласыў орнына, формасына ийе болады.

2Обертон - немецше оbеrtоn – «жоқары тон» деген сөзден жасалған.

3Резонатор - французша rеsоnаnsе – «жаңғырық» сөзинен алынған.

4Форманта - латынша fоrmаns, fоrmаntis – «пайда етиўши», «дөретиўши» сөзинен жасалған.

5Спектр - грекше spекtrum – «көринетуғын» деген сөзден жасалған.

1 Спектрограф - грекше spекtrum – «көринетуғын» ҳәм grаpо – «жазаман» деген сөзлерден жасалған.

13

Сести айтыў ушын белгили ўақыт бирлиги кетеди. Сестиң созымлылығы (длительность) тербелистиң саны менен созылыў ўақтына байланыслы болады. Бираз тиллерде, мәселен, түркмен, қырғыз, якут тиллеринде бир сестиң созымлы ҳәм қысқа айтылыўы мәни айырыўшылық, яғный фонемалық хызмет атқарады. Ал қарақалпақ тилинде белгили бир сестиң созымлы ҳәм қысқа айтылыўы семантикалық мәни билдириў ушын жумсалмайды, тек фонетикалық жағдайға байланыслы ол бирде созымлы, бирде қысқарақ айтылыўы мүмкин.

§ 7. Фонетиканың физиологиялық тәрепи. Сөйлеў ағзалары.

Фонетиканың анатомиялық - физиологиялық тәрепи дегеннен сөйлеў ағзаларының қурылысы ҳәм олардың хызмети түсиниледи. Тилдеги сеслер жөнинде айтқанымызда алды менен ол сеслердиң артикуляциялық сыпатламасын билиўимиз зәрүр. Артикуляциясы жағынан ҳәр қыйлы болғаны ушын сеслер ҳәр түрли акустикалық сыпатламаға ийе болады. Нәтийжеде биз ҳәр қыйлы сеслерди еситемиз. Солай етип сеслик айырмашылықлар артикуляциялық айырмашылықлардан келип шығады. Тил сеслерин ҳәм олардың айтылыўын дурыс түсиниў ушын сөйлеў ағзаларының атқаратуғын хызметин, олардың адам организминде қалай жайласқанлығын, ҳәрекетке келиў мүмкиншилигин билиўимиз тийис. Тил, ерин ҳәм кишкене тил жайласқан тамақ ҳәм өкпе сөйлеў ағзалары болып есапланады.

Өкпе адамның тиришилиги ушын оғада зәрүрли болған дем алыў ҳәм қанды кислород пенен тәмийинлеп турыў сыяқлы жүдә әҳмийетли физиологиялық хызметти атқарады. Сондай-ақ өкпе тил сеслерин айтыў ушын зәрүрли болған ҳаўа ағымын пайда етип, ҳаўа жүретуғын «каналдың» бойында жайласқан сөйлеў ағзалары менен бирликте сеслерди дөретиў усаған оғада әҳмийетли ўазыйпаны да атқарады. Тиришиликтиң әдеттеги дем алыў мапазында ҳаўаны ишке тартыў ҳәм сыртқа шығарыў бир қәлипте теңдей ўақыт ишинде мурын арқалы иске асады. Ал сөйлеген ўақытта ҳаўаны ишке тартыў әдеўир тезлеседи де, сыртқа шығарыў ақырын болады ҳәм әдеттеги дем алыў (физиологиялық дем алыў) ўақтындағы ҳаўаны сыртқа шығарыўға салыстырғанда иштен бир неше мәртебе көбирек ҳаўа шығарыў мүмкин. Физиологиялық дем алыў менен сөйлеў ўақтындағы дем алыўдың тағы бир өзгешелиги - сөйлеўде мурынлық сеслерден басқа сеслердиң бәрин айтқан ўақытта ҳаўа ағымы аўыздан шығады да, физиологиялық дем алыўда әдетте ҳаўа мурыннан шығады ҳәм мурын арқалы ҳаўа ишке тартылады.

Өкпе еки жағынан еки қолқа арқалы жоқарысында жайласқан кегирдек пенен тутасқан болады. (1-сүўрет). Өкпеден шыққан ҳаўа ағымы кегирдек арқалы кегирдектиң жоқарысында жайласқан тамақ арқалы өтеди. Тамақ кегирдектиң жоқарысындағы жайласқан оның кеңейген бөлими болады (2-сүўрет). Тамақ жүзик тәризли, қалқан тәризли ҳәм еки шөмиш тәризли шемиршеклерден қуралады. Ол шемиршеклер мускуллар менен тутасып турады. Аўқатлық заттың дем алатуғын жаққа (тамаққа) қарай кетип қалмай, өңешке кетиўи ушын жутыныў ўақтында тамақтың жоқарысында алмурт тәризли жумсақ шемиршек тамақ

14

жолын жаўып турады. Нәтийжеде аўқатлық зат дем алыў мүшесине қарай емес, ал өңешке қарай кетеди.

1-сүўрет

Өкпе ҳәм кегирдек

1­қалқан тәризли шемиршек; 2­жүзик тәризли шемиршек; 3­кегирдек; 4­қолқалар; 5­қолқа талшықлары; 6­өкпениң төменги негизги бөлими.

Шөмиш тәризли еки шемиршек жүдә ҳәрекетшең болады. Олар бир-бирине жақынласыўы ҳәм қашықласыўы арқалы даўыс шымылдығының формасын өзгертеди. Даўыс шымылдығы шөмиш тәризли ҳәм қалқан тәризли шемиршеклердиң аралығында жайласқан майысқақ жийеклерине ийе болған саңлақ болып, оған бекитилген мускуллардың тәсири менен ҳәрекетке келеди (3- сүўрет). Даўыс шымылдығы сес пайда етиўде оғада үлкен әҳмийетке ийе болады. Даўыс шымылдығының жоқарысында жалған даўыс шымылдығы орналасқан. Жалған даўыс шымылдығы толықлаў ҳәм үлкенирек болады. Даўыс шымылдығы зақымланғанда ямаса аўырғанда жалған даўыс шымылдығы арқалы да сөйлеўге болады. Бирақ даўыс қырылдақ ҳәм пәс шығады.

Шөмиш тәризли шемиршеклердиң ҳәрекети нәтийжесинде даўыс шымылдығы өзиниң формасын өзгертеди дедик. Мәселен, даўыс шымылдығының үш түрли жағдайын анық айырыўға болады. Бириншиден, даўыс шымылдығының мускуллары босаңсып, ол кең ашылған болыўы мүмкин. Бундай жағдайда өкпеден шыққан ҳаўа ағымы ҳеш қандай иркинишке ушырамайды. Даўыс шымылдығы физиологиялық дем алыў ўақтында ҳәм үнсиз сеслерди айтқанда усы қәлипте турады. Екиншиден, даўыс шымылдығының ишки дийўаллары жақын-

15

ласып ҳәм керилип (тартылып) турыўы мүмкин. Бул жағдайда даўыс шымылдығы оғада кишкене саңлақты пайда етеди ямаса жабылып турады, дерлик.

2-сүўрет

Тамақ А. Тамақтың алдыңғы жағынан көриниси:

1­қалқан тәризли шемиршек; 2­жүзик тәризли шемиршек; 3­тил асты сүйеги; 4­қалқан тәризли шемиршекти тил асты сүйеги менен тутастырыўшы; 5­жүзик тәризли ҳәм қалқан тәризли шемиршеклерди тутастырыўшы; 6­ кегирдек

Б. Тамақтың артқы жағынан көриниси:

1­қалқан тәризли шемиршек; 2­жүзик тәризли шемиршек; 3­қалқан тәризли шемиршектиң жоқарғы бөлими; 4­қалқан тәризли шемиршектиң төменги бөлими; 5­шөмиш тәризли шемиршек; 6­тамақ үсти; 7­ кегирдектиң ишки тәрепи.

Солай етип ҳаўа ағымы өз жолында тосқынлыққа ушырайды. Ҳаўа басымы нәтийжесинде даўыс шымылдығы азлап ашылып, белгили көлемдеги ҳаўа шығады. Даўыс шымылдығы қатты тартылып турғанлықтан тағы да оның дийўаллары жақынласып, саңлақты киширейтеди. Кейин ҳаўа ағымының басымы менен және ашылып, белгили дәрежедеги ҳаўаны шығарады да, қайтып жақынласады. Бундай ҳәрекет оғада үлкен тезлик пенен избе-изли түрде қайталанып отырады. Бул даўыс шымылдығының жоқарысындағы бослықларда ҳаўаның тербелисин пай-

да етип, нәтийжеде даўыс келип шығады. Даўыс шымылдығының бундай ҳәре-

16

кетинен даўыс қатнасатуғын сеслер болған даўыссыз сеслер, үнли даўыссызлар, сонорлар жасалады. :шиншиден, даўыс шымылдығы босаңсып, бирақ ол кишкене саңлақ пайда етиўи мүмкин. Бул жағдайда ҳаўа ағымы қыйынлық пенен, күш пенен өтип, даўыс шымылдығының дийўалын дирилдетиў нәтийжесинде шаўқымға тән болған дирилдини пайда етеди. Сөйтип даўыс шымылдығының бундай жағдайында адам сыбырлап сөйлеўи мүмкин.

3-сүўрет

Кесесине кесилген тамақ

1­қалқан тәризли шемиршек; 2­шөмиш тәризли шемиршеклер; 3­даўыс шымылдығының ернеклери; 4­даўыс шымылдығы.

Ерлер менен ҳаяллардың даўыс айырмашылығы олардың даўыс шымылдықларының өзгешелигине байланыслы болады. Қозғалыссыз турған ўақытта ерлердиң даўыс шымылдығының узынлығы орташа 1,5 см, ал ҳаяллардың даўыс шымылдығының узынлығы 1,2 см болады. Даўыс шымылдығы үлкен болған сайын даўыс пәс (жуўан даўыс), ал киши болған сайын бәлент (жиңишке даўыс) болады. Сонлықтан ерлер жуўан (ири) даўыслы, ҳаяллар жиңишке (майда) даўыслы болып келеди. Сондай-ақ даўыстың бундай өзгешелиги даўыс шымылдығы мускулларының тартылып, керилип турыў дәрежесине де байланыслы болады. Әдеттеги сөйлеў ўақтында ерлердиң даўыс шымылдығының дирилдиси секундына 85 реттен 200 ге шекемги аралықта (85-200 гц), ҳаяллардың даўыс шымылдығының тербелиси болса 160 реттен 340 қа дейинги аралықта (160-340 гц) болады. Адамның даўыс шымылдығы шама менен 40 гц тен 1700 гц аралығындағы тербелисти пайда етиў мүмкиншилигине ийе.1

1 Буланин Л.Л. Фонетика современного русского языка. М., 1980, 21-бет.

17

Өкпеден шығып киятырған ҳаўа ағымы тамақтан кейин оның жоқарысында жайласқан жутқыншақ бослығына келеди. Жутқыншақ диаметри 3 см шамасындағы жумсақ дийўалына ийе болған бослық болып, ол жаңғырық хызметин атқарады. Жутқыншақ жоқарысындағы еки саңлақ арқалы мурын бослығы менен, ортасындағы саңлақ арқалы аўыз бослығы менен ҳәм төменде жайласқан саңлақ арқалы тамақ пенен тутасқан болады.

Тилдеги сеслердиң жасалыўында тек бир сөйлеў ағзасы ғана қатнасып қоймайды, ал көпшилик сөйлеў ағзаларының хызмети нәтийжесинде белгили бир сес пайда етиледи. Ҳәр түрли сеслердиң жасалыўында, сеслик өзгешеликлердиң пайда етилиўинде аўыз бослығында жайласқан сөйлеў ағзаларының хызмети айрықша (4-сүўрет). Жоқарыда сеслер аўыз, мурын, жутқыншақ бослықларының резонатор (жаңғырық) хызметин атқарыўы нәтийжесинде өзинше өзгешелигине ийе болады деген едик. Тилдеги сеслер айрықша жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының ҳәр түрли формаға ениўи арқалы өзлерине тән болған сеслик түрине ийе болады. Айтылажақ сестиң сыпатына байланыслы аўыз бослығының

4-сүўрет

Кесесине кесилген бастағы сөйлеў ағзалары

Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары:

1­еринлер; 2­тилдиң алдығңы бөлими; 3­тилдиң ортаңғы бөлими; 4­тилдиң артқы бөлими; 5­тилдиң түби; 6­кишкене тил; 7-жумсақ таңлай; 8- жутқыншақтың артқы дийўалы.

Ҳәрекетсиз сөйлеў ағзалары:

9­жоқары тислердиң алдыңғы шети; 10­жоқарғы тислердиң артқы шети; 11­альвеол; 12­қатты таңлайдың алдыңғы бөлими; 13­таңлайдың ортасы; 14­жумсақ таңлайдың алдыңғы бөлими; 15­жумсақ таңлайдың артқы бөлими.

көлемин ҳәм формасын өзгертип туратуғын ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары тил, жумсақ таңлай менен қоса кишкене тил, еринлер болады. Олардың ҳәрекети

18

нәтийжесинде ҳаўа ағымына тосқынлық жасалып, даўыссыз сеслерге тән болған шаўқым пайда етилиўи ямаса аўыз бослығының көлемин ҳәм формасын өзгертиў арқалы анаў я мынаў даўыслы сеске тән болған тембр пайда етилиўи мүмкин.

Аўыз бослығында жайласқан сөйлеў ағзаларының ишинде тил ең ҳәрекетшең хызмет атқарады. Тил шәртли түрде тил ушы, тил арқасы ҳәм тил түби болып бөлинеди. Тил арқасының өзи тил алды, тил ортасы, тил арты болып бөлинеди. Әлбетте физиологиялық жақтан бир тутас тилди булай етип бөлиў сеслерди топарларға бөлиўге қолайлы болғаны ушын фонетикада шәртли түрде қабыл етилген. Тутас тилдиң ямаса оның бөлиминиң алға, кейинге, жоқарыға, төменге қарай түрли ҳәрекет етиўи арқалы аўыз қуўыслығы ҳәр түрли формаға келеди. Сеслердиң бир-биринен айырмашылығы тилдиң ҳәр қыйлы ҳәрекети менен тығыз байланыслы.

Жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының алдыңғы шегарасы еринлер ямаса алдыңғы тислер болады. Еринлер, әсиресе төменги ерин, көбирек қозғалысқа келип, ол ҳәрекетшең хызмет атқарады. Гейпара даўыссыз сеслер төменги еринниң жоқарғы еринге толық тийиўи менен (б, п) я жақынласыўы менен (ў), төменги еринниң жоқарғы тислерге жақынласыўы менен (в,ф) өкпеден шығып киятырған ҳаўа ағымына кедерги жасаўы арқалы айтылады. Даўыслыларды айтқанда еринлер алға умтылып, дөңгелек саңлақ пайда етеди (бул жағдайда еринлик даўыслылар айтылады), ямаса еринлер әпиўайы ашылған қәлпинде бийтәреп турады (бундай жағдайда езиўлик даўыслылар айтылады). Жоқарғы ҳәм төменги тислер аўыз бослығының ҳәрекетке келмейтуғын алдыңғы шегарасы болып хызмет етеди. Тилдиң алдыңғы бөлиминиң, еринниң тислерге тийиўи ямаса жақынласыўы арқалы даўыссыз сеслерге тән болған шаўқым пайда етиледи. Тислердиң түби бекип турған дөңислик альвеола1 деп аталады.

Таңлай жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының жоқарғы шегарасы болып хызмет етиў менен бирге ол аўыз ҳәм мурын бослықлары ортасындағы шегара болып та есапланады. Таңлай қатты таңлай ҳәм жумсақ таңлайдан турады. Қатты таңлайды алдыңғы таңлай, жумсақ таңлайды артқы таңлай деп те атайды. Артқы, яғный жумсақ таңлайдың даўамы кишкене тил болады. Жумсақ таңлай кишкене тил менен қоса төмен түсирилиўи арқалы аўыз жолы жабылады да, ҳаўа ағымы мурын жолы арқалы өтеди. Әдеттеги дем алыў ўақтында ҳәм мурынлық сеслерди айтқанда жумсақ таңлай төмен түсирилген ҳалда болады. Жумсақ таңлай мускулларының тартылып, жоқары көтерилиўи арқалы мурын жолы жабылып турады. Бундай жағдайда барлық аўызлық сеслер айтылады. Мурын бослығы мурынлық сеслерди айтқанда оларға қосымша түр береди. Жумсақ таңлай түсиңки ҳалда турып, мурын жолын ашыў арқалы ҳаўа ағымы мурын бослығына келеди. Мурынлық сеслерди (м, н, ң) айтқанда музыкалық тонға ҳәм аўыз бослығында пайда болған шаўқымға қосымша жаңғырық хызметин атқарыўшы мурын бослығы айрықша сеслик түр қосады.

1 Альвеола - латынша аlvеоlus – «наўаша, ойпат» деген мәни билдиреди.

19

Тил сеслерин пайда етиўде сөйлеў ағзаларының ҳәммеси бирдей хызмет атқара бермейтуғынлығын жоқарыдағы айтылғанлардан көриўге болады. Сеслердиң жасалыўында сөйлеў ағзалары ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары ҳәм ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзалары болып екиге бөлинеди. Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары белгили бир сести пайда етиў ушын ҳәрекетке келип, зәрүрли формаға ийе болады. Олар сеслердиң жасалыўында ең тийкарғы орынды тутады. Сеслерди айтыўда ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзаларының да белгили бир дәрежеде әҳмийети болады. Ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзалары ҳәрекет етпейди. Ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзаларына ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары жақынласыўы, тийиўи ямаса олардың алыслаўы мүмкин. Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары - даўыс шымылдығы, тил, ерин, кишкене тил менен қоса жумсақ таңлай; ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзалары - тислер, қатты таңлай.

Сеслердиң өзиншелик өзгешелигин, басқаларынан айырмашылығын көрсеткенде сеслерди бир-бирине қарама-қарсы қойғанда, топарларға бөлгенде олардың жасалыўы тийкарға алынады. Сеслердиң жасалыўы (артикуляциясы) сөйлеў ағзаларының тиккелей хызмети болады.

§ 8. Фонетиканың лингвистикалық тәрепи. Фонема ҳаққында түсиник

Фонетиканың социаллық илим болған лингвистиканың бир тараўы екенлигиниң баслы себеби - тилдиң жәмийетлик қубылыс болыўында. Тилдиң мәни аңлататуғын бирликлери болған сөзлер, гәплер сеслерден қуралады. Тил сеслериниң қарым-қатнас қуралы ўазыйпасын атқарыўға қатнасы олардың ең баслы хызмети болып табылады. Сеслер артикуляциялық-акустикалық жақтан сөз етилгенде де олардың (сеслердиң) лингвистикалық хызметин ҳәр тәреплеме анықлаў көзде тутылады. Фонетиканың лингвистикалық тәрепи изертленгенде сеслердиң атқаратуғын хызмети сөз етиледи.

Фонетика илиминиң тарийхында биринши болып академик Л.В.Щерба фонеманың «мәни айырыўшылық» қәсийетин атап көрсеткен еди. Фонетикада фонеманың «мәни айырыўшылық» қәсийети улыўма қабыл етилген анықламаға айналып, бул теория Л.Р.Зиндер тәрепинен раўажландырылды: «Сөздиң мәниси оның фонемалық қурылысынан ғәрезли емес; буған омонимлик ҳәм полисемиялық қубылыслар гүўа бола алады. Мысалы: «стол» ҳәм «стул» ҳәр түрли даўыслыларға ийе болғаны ушын емес, ал олар ҳәр қыйлы түсиникти билдиргени ушын ҳәр түрли сөзлер болып тур. Соның менен бирге биз «стол» сөзин «стул» сөзинен ҳеш контекстсиз-ақ айырып таныйтуғын себебимиз биринши сөздеги даўыслы-о, екиншисинде-у. Буннан фонеманың «сөзлерди айырыўшылық» хызметин көриўге болады».1 Солай етип сөзлер бир-биринен алды менен мәниси бойынша ҳәм оннан соң фонемалық қурылысы бойынша айырылады. Қарақалпақ тилиндеги тас, тес, тыс, тис, тус, түс, тос, төс сөзлери бәринен бурын ҳәр қыйлы түсиниклерди билдиргени ушын ҳәр түрли сөзлер болып тур.

1 Зиндер Л.Р. Ощая фонетика. М., 1980, 81-бет.

20

Сондай-ақ булардың айырмашылықлары ол сөзлерде ҳәр түрли даўыслылардың айрықша фонема болыўына байланыслы. Әлбетте, бул қубылыслар (сөздиң мәниси ҳәм оның фонемалық қурылысы) бир-бири менен тығыз байланыслы болады.

Жоқарыдағы мысалларда даўыслы фонемалар сөзлерди, олардың мәнилерин айырып турса, атам, атаң сөзлериниң түбири бир (ата) болып, м ҳәм ң даўыссызлары сөзлерди түрлендирип, ҳәр түрли форма жасап тур. Сеслердиң бундай хызмет атқарыўы олардың фонемалық хызмети болады. Солай етип фонема сөзлердиң мәнилерин ҳәм формаларын айырыўшылық қәсийетке ийе болады.

Ҳәр бир фонема тилдеги басқа барлық фонемалардан айырылып турады, соның менен бирге ол сол тилдеги басқа барлық фонемаларға қарама-қарсы қойылады. Ҳәр бир фонема тийкарғы ҳәм тийкарғы емес белгилердиң жыйнағынан турады. Бул айтылғанларға дәлил ретинде д даўыссыз фонемасын мысалға алайық. Қарақалпақ тилинде д фонемасы-үнли, тил алды, жабысыңқы, мурынлық емес (аўызлық). Бул айтылған белгилер д фонемасының тийкарғы белгилери болады. Өйткени қарақалпақ тилинде үнсиз т, тил арты г, жуўысыңқы з, мурынлық н фонемалары болып, олардың ҳәр бир д фонемасынан сәйкес белгилери бойынша айырылып турады. Олар былайынша өз ара қарама-қарсы қойылады: т-үнсиз фонема, себеби д-үнли; г-тил арты фонемасы, себеби д-тил алды фонемасы; з-жуўысыңқы, себеби д-жабысыңқы; н-мурынлық фонема, себеби д-аўызлық (мурынлық емес) фонема болады. Демек, фонема сыпатында т сесиниң үнсиз фонема, г сесиниң тил арты, з сесиниң жуўысыңқы, н сесиниң мурынлық фонема болып саналыўы оларға қарама-қарсы қойылатуғын д фонемасының үнли, тил алды, жабысыңқы, аўызлық (мурынлық емес) екенлиги менен байланыслы болады. Ал усы д фонемасының жуўан (қатты) ҳәм еринлик емеслиги оның тийкарғы белгиси - фонемалық белги бола алмайды. Себеби қарақалпақ тилинде оған қарама-қарсы қойылатуғын жиңишке (жумсақ) д1 ҳәм еринлик д0 сеслери өз алдына жеке-жеке фонема сыпатында жумсалмайды.1 Д сесиниң жуўан я жиңишке, еринлик я езиўлик болып айтылыўы фонетикалық жағдайға байланыслы болады. Жиңишке даўыслы сеслер менен қоңсылас болып келсе, қарақалпақ тилиндеги басқа даўыссыз сеслер сыяқлы д сеси де жиңишке болып (д1изим1, д1еп1, д1ән1 ҳәм т.б.); жуўан даўыслылар менен келсе, жуўан болып (дала, ыдыс ҳәм т.б.) жуўан ҳәм еринлик даўыслылар менен келсе, жуўан ҳәм еринлик болып (д0ос0, д0ур0ыс0 т.б.), жиңишке ҳәм еринлик даўыслылар менен келсе, жиңишке ҳәм еринлик болып (д10ү1р10, д10ү1н10я, д10ө1н10 т.б.) айтыла береди. Фонетикалық жағдайлардан ғәрезли ҳалда пайда болған бул сеслик өзгешеликлер фонеманың тийкарғы емес белгиси, оның фонетикалық белгилери болып саналады.

Тилдеги фонемалардың өз ара қарама-қарсы қойылыўы олар ортасында байланыс жоқ деген түсиникти аңлатпайды. Керисинше, булай етип фонемала-

1q)-жиңишке (жумсақ) дегенди аңлататуғын белги; (д0)-еринлик дегенди аңлататуғын белги.